ЕЛ
Қарақалпақша
ат. 1. Халық, журт, елат, аўыл.
Жырағырақта ел барды, Жақын жерде көл барды, Деп бала кетип барады («Қоблан»).
Ай соқтырып алтыннан, Қапталына қыстырды, Ели-халқын жыйдырды, Топарлап мал сойдырды («Мәспатша»).
Бирлик пенен ел болады, Көп түкирсе көл болады (А.Дабылов).
2. Ўатан, мәмлекет, туўған ел.
Қарақалпақгың елинде, Кең салалы жеринде (А.Дабылов).
Тағы да түркмен елине барып қырғын қылайын деп еди, араға ақша, алтын түсип, ашыўды басты (Қ.Ирманов).
Сен бир қызсаң барлық мақсет-мурадың, Бағышланған туўған елин безеўге (Ш.Мәмбетмуратов).
0 Ел ғамы — елдиң мөпи, ел ушын.
Олар ел ғамы ушын кеткен ерлерге қапа емес (Т.Қайыпбергенов).
Ел дөретиў — пайда етиў, келтирип шығарыў, жүзеге шығарыў.
Мен қашан өз күшим, жигерим, мийнетим менен ел дөретсем, әне соған мақтанаман (А.Бекимбетов).
Ел дәулети — ырысы, жемиси.
Еккен пахтан ел дәулети (И.Юсупов).
Ел дәстүри — үрп-әдети, ырымы.
Ел дәстүрин етип, баланың елге аман қуўысканына бирнеме ретлэўдиң ғамын жесек қәйтеди? — деди (Ө.Хожаниязов).
Ел арасы — иши, аўыл иши, ортасы.
Ел арасы дуў-дуў әңгиме (А.Әлиев).
Ел ағасы — басшысы, меңгериўшиси, басқарыўшысы, көткудасы.
...ел ағасын шақырып аспазшысы сүт бурыш берсин (ққ.х.е.).
Ел-журтқа — халыққа, аўылға, журтка, журтшылыкка.
Әке-шешениң ақылын алып айтқанына жүрмесең жүз қара болып, елге-журтқа шерменде боласаң (А.Бекимбетов).
Ел бийлеў — басқарыў, меңгериў, басшылық етиў.
...ол ўақытта ел бийлеўи байлардын өз қулқыны ушын еди,... (Қ.Айымбетов).
Ел-елат — белгили бир жерде, аймакта жасаўшы халық, аўыл, журт.
Гүлпаршын ел-елатына, қатар-қурбыларына хош алла яр айтып, зар-зар жылап, бир нәрсе айтып баратыр («Алпамыс»).