⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ЕЛЕ I

Қарақалпақша

р. Усы ўақытка дейин, ҳәзирге шекем. Тилеген еки көзи алаңлап, тулымшағы салбырап еле түргелип тур еди (Қ.Айымбетов). Қызың еле камалына келген жоқ, Ол иелер болмайды сизге ылайық («Мәспатша»). Мине, еле жайлар шала, Суў да ақпас трубалардан (И.Юсупов). Еле де анық қутыла алмаў — ҳақыйқат, анық қутылмаў, ырасына шықпаў, кутылыспаў. Еле де анык, қутыла алған жоқ (А.Бегимов). Еле де көп — бар, мол, баршылық, молшылық. Оның есине келмеген еле де көп нәрселери бар еди (Ө.Айжанов).