ЕЛЖИРЕЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Ыдыраў, босасыў, жибисиў, ылжыраў.
Елжирейди шүлдирлеген тилиме, Ынтық болып сағыйралық түриме (К.Султанов).
2. Езилиў, женшилиў, ылжыраў.
...көп қайнағанлықтан қазандағы гөш елжиреп кетипти (Қ.Айымбетов).
0 Жүрек-баўыры елжиреў — босасыў, ыдыраў, жибисиў.
Аўыр турмысты көрип жүрек-баўыры елжиреп, бизге рейими келип кеткен еди (А.Бекимбетов).
Тула бойы елжиреў — жибисиў, балқыў, ысыў.
Тула бойым елжиреп, қыстың қақаман суўығын умытқандай болдым (Ж.Аймурзаев).
Кеўли елжиреў — ыдыраў, бузылыў.
Мениң де балалық кеўлим елжирейди (Ж.Аймурзаев).