ЕЛП
Қарақалпақша
елп етиў ф. 1. Бирден көриниў, шыта кетиў, көринип кетиў, бирден көриниў және жоқ болыў.
Алдынан елп етип шығады (Қ.Аралбаев).
Сулыўдай елп етесен, Таўланасан силкинип (Әжинияз).
2. Қыймыл, ҳәрекет, қозғалыс.
Ҳаўа ашық болған менен елп еткен самал жок (А.Бегимов).