⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ЕЛПИЎ

Қарақалпақша

ф. Самалдың әсте соғыўы, желпиўи, ақырын есиўи. ... самалдың елпиўинен ақшамғы жағымлы ләззетти таслап кетким келмеди (Ө.Хожаниязов). 0 Елпил қағыў, елпил есиў — самалдың жағымлы ҳәўири, есиўи. Гүл шешек атқан бағдардың шақалары елпил қағып ескен самал менен шайқалып, тербенип тур (Ж.Аймурзаев).