⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ЕЛТИ

Қарақалпақша

ат. гөн.с. Молланың, жасы үлкенлердиң ҳаялы ҳәм соған дерек атақ. ...молла хәм елти хаққындағы көп қызық бәйитлерди айтысып, бизлер ишек-силемиз қатып отыр едик (Ә.Шамуратов). Әне, қалас! Тап ханның елтисине жаңа усадын (Қ.Аралбаев). Күн сайын ахунның елтисине дигирман тартып береди (Т.Кайыпбергенов).