⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ЕЛШИ

Қарақалпақша

ат. 1. Мәмлекетлер менен қатнас жасасыў миннетин (лаўазымын) атқаратуғын дипломатиялық ўәкил, посол, дипломат. Майский И.М. 1932—1943-жыллары аўқамныи Англиядағы елшиси болды («ЕК» г.). 2. гөн.с. Бир ис жөнинде еки кисиниң ямаса еки елдиң арасын питимге келтириў ушын жүретуғын адам. Елши менен патшаға, Ҳеш ўақытта өлим жоқ еди («Ер Зийўар»), ... бул киятырған жалғыз атлы жолаўшы ғой, мәгар болса бул киятырған елши шығар, кейининде көп жығыны бар шығар («Алпамыс»). 3. аўыс. Бир нәрсениң хабаршысы, жаршысы. Еллестирмек елшиден, жаўластырмақ жаўшыдан (ққ.х.н.м.).