ЕМИЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Жас балалардың ҳәм де жанлы-жаныўарлардың анасын сорыўы, аўқатланыўы.
Мен бир перзент, сен бир ана, Емдим сүтин, қана-қана (И.Юсупов).
Бүгин олардың өзлерин айыплы етип санаўы тек ғана бузаўдын емип кетиўинен (Т.Қайыпбергенов).
Мениң жетимлигим анамның уўыз сүтин емген күннен басланыпты (Ж.Аймурзаев).
2. аўыс. Мийнеттиң нөтийжесинде күнелтиў, камалға келиў, тиришилик етиў.
Сол пахтаның нурын емип халқымыз, Ҳәр жыл сайын еркин бахыт таппақта (Ш.Мәмбетмуратов).
Мийнет етсең емерсең (ққ.х.н.м.).