⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ЕМИЗИК

Қарақалпақша

ат. 1. Жас балаға хәм де жанлы-жаныўарлардын балаларына бир ыдыс арқалы, яғный шийшеге сүт қуйып, соның аўзына кийгизилетуғын резинадан иеленген зат. — Женге, былтырғы Камалжанның емизиги қайда? — деп сорады Тимур (А.Бекимбетов). 2. Бир нәрсениң изинен қалмаў, дыңғырлай бериў, жабысып алыў. Бир нәрсе көрсең алмай қоймайтуғын нағыз емизик екенсең өзиң, — деди кемпир балаға (Б.Кербабаев).