ЕНТЕЛЕЎ
Қарақалпақша
ф. Алға умтылыў, епелеклеп жүриў, жорғалаў, жуўырып-жортыў.
Усы дөгеректеги бир қызыл кдшардың қыр соңынан еки-үш күннен берли қалмай, ентелеп ерип жүрген тайпақ бас тарғыл буға қой қораның бүйирин жарып кеткен екен (К.Смамутов).
Бардыңыз қаза қасына, Ҳәммениз де ентелеп («Мәспатша»).