⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ЕР I

Қарақалпақша

ат. Аттың ямаса ешектиң жаўырынына салынатуғын ағаштан, темирден иеленген курал-сайманның (ер-турманның) бир түри. Бедеўлерге беккем етип салдың ер, Минип шықтың омыраўдан ақгы тер («Қырқ қыз»). ... ерди арқалап жаяўлап бир ай жол жүрди (ққ.х.е.). 0 Ер-тоқым — көликке тийисли болған үскенелердиң барлық нәрселери, жыйынтығы. Ер-тоқымын арқалады етип бәнт, Ешки мингенге айтты көп нәлет (Қ.Ирманов). 0 Ақбаслы ер — ердиң басын пилдиң сүйеги менен қапланған ямаса қалпақлы мыс пенен қалайы шегеден қағылған ер.... қуйма зәңғи, ақбаслы ер, ғуббалы қуйысқан менен ғуббалы сийнемент сай етти,... (Қ.Айымбетов). Ер-турман — көликке тийисли болған барлық үскенелердиң жыйнағы. ... ер-турманлардың ҳәммесин иш кериге киргизип қойдық (Қ.Айымбетов). Ер-жүўен — көликке тийисли болған үскенелер. ... ер-жүўенлерин тақлап, өз алдына айырып қойды да, уйқыға киристи (К.Султанов).