ЕР III
Қарақалпақша
ат. Батыр, азамат, жүрекли, ғайратлы, күшли, халық ушын хызмет ететуғын адам.
Ер жигит ели ушын туўылады, ели ушын өледи (ққ.х.н.м.).
Қатарында нар еди, есаплы ердиң бири еди («Алпамыс»).
Мен жазаман колхозшы, Ердиң исин көрсетип (Б.Қайыпназаров).
Жең түринип ақ билегин сыбанып.
Иске түсти еркин мийнет ерлери (И.Юсупов).
0 Ер жүрек — батыр, батыл, өжет, өр, қайтпас.
Ер жүрекли еки жасты, тирилей жерге көмген екен (И.Юсупов).
Ер дайысына усаў — дайы тәрепине тартыў.
Ер дайысына усайды деген ырас па деймен (Ө.Айжанов).