⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ЕРЛИК

Қарақалпақша

ат. Батырлық, жүреклилик, батылдық, ғайратлылық, хүжданлылық, жигерлилик. ... я қорлығын, я зорлығын, я ерлигин көрип қайтайын («Мәспатша»). Жигитлери Сарқоптың, Көрсете алмады ерликти («Қырқ қыз»). Ерлиги асып, Ғайраты тасты («Алпамыс»). 0 Ерлик етиў — қаҳарманлық қылыў, жигерлилик етиў, адамгершилик ислеў. Сөйтип булар ерлик етти, Болды ойлаған нийети (Бердақ). Ерлик байрақ — қаҳарманлық пенен пайда болған байрақ, жеңис. Дүрсилдескен жүреклер толқып, Көтерилер ерлик байрағы (Т.Сейтжанов).