⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ЕРМЕК I

Қарақалпақша

ат. Алданыш, жубаныш, ўақыт өткериў, бир нәрсе менен бәнт болыў. Үйдеги-дүздеги жумысын биреўлер атқарып жүрген соң иелерге хызмет таппаған байға ермек керек (Қ.Султанов). Оған ермек болатуғын баласы болды (Ө.Айжанов). 0 Ермек қылыў — алданыў, жубаныў, бәнт болыў. Оның жалғыз қысыр сыйырын отлақ жерге жетеклеп бағып, изинен қара кешке шекем соны ермек қылып жүре берди (ққ.х.е.).