ЕРМЕК II
Қарақалпақша
ермек етиў ф. Дәлкек етиў, мазақ қылыў, мысқыл қылыў, масқара етиў.
Азап сонша батты зил берип жанға, Журтқа ермек ушын сен болдың қайым (И.Юсупов).
Күлди Таня: — Қойыңшы жолдас, «ханша» деген қандай ермек (И.Юсупов).
Ермек қылыў — мазақлаў, ермеклеў, масқаралаў, дәлкеклеў, күлкиге алыў.
Жөги суўпынын мени ермек қылып, аяғыма жип тағып, ойнап жүрген мәккарың,... («Мәспатша»).