ЕРСИ
Қарақалпақша
кел. Қолайсыз, жөнсиз, орынсыз, ретсиз, турпайы.
Гейпара оқыўшыларымыздың бул, биз айтпай-ақ көрип жүрген ерси нәрселери ғой (Қ.Айымбетов).
Бизиң дәўиримизде бурынғыша атадан жеккемен деў ҳәзир ерси (Ө.Хожаниязов).
0 Ерси көриў — қолайсыз көриў, турпайы көриў.
Бирақ оны ерси көрди ме, пол салдырмады (Қ.Айымбетов).
Еп-ерси — уят, турпайы, қолайсыз, жөнсиз.
... келген қудалардың ишинен биреўи еп-ерси сөзлерди айтып, қудағайын уялтып таслады (Қ.Султанов).