ЕРСИЗ
Қарақалпақша
кел. 1. Жайдақ, жалаңаш.
Бала атты ерсиз минди де, күнниң шығыс тәрепине қарай жол тартты,... (ққ.х.е.).
2. Күйеўсиз, еркеги жоқ, ери жоқ, тул, күйеўи жоқ, жесир.
Күйеўи өлгеннен соң қолындағы бир улын, бир қызын өз күши менен қамалға келтиргенше Жумагүл аўылда иследи, ерсиз болса да хожалығы ҳеш кимнен кем болған жоқ (Қ.Айымбетов).
3. Батырсыз, жеделсиз, ғайратсыз.
Ерсиз ел болмас (ққ.х.н.).