ЕРТЛЕЎ
Қарақалпақша
ф. Минис көликлериниң үстине ер-тоқымларын салыў.
Досмухамедов узағырақ жерден бир қыздың хабарын еситип, кийинип ат ертлеп, атқа шоштыйып минип алып жортып жолға түсти (Қ.Айымбетов).
Ешегин ертлеп дәрьяға жүрип кетти (К.Султанов).
0 Ер қойыў — атқа, ешекке ер салыў, ертлеў.
Таң азаннан әмме атқа ер қойып, Мәзи асқатықсыз гөжеғе тойып (Әжинияз).