⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ЕС I

Қарақалпақша

ат. Ақыл, сана, ой. Не ислеўдиң қандай илаж етиўдин жолы ол ўақытта мениң есимде жоқ еди (Ж.Аймурзаев). Қазбалап сөйлейтин Зәхийраның есине әзир де сондай пикирлер келип қалды (Т.Нәжимов). Алдыңыз шықса он беске, Бизлерди әм алың еске (Омар). 0 Ес кетиў — еси аўыў. Мениң есим кетип, зәррем ушып отыра бериппен (А.Бекимбетов). Естен шығарыў — умытыў, жанылысыў, алжасыў. Ҳаял болса төсек салыўды да естен шығарып силейип турды (Т.Қайыпбергенов). Естен таныў — есинен айырылыў, есин билмеў. Көргенлер естен таңғандай, Еситкенлер таң қалғандай («Мәспатша»). Есин жыйыў — а) еси кириў, ақыл кириў. Ойнап есин жыйды («Алпамыс»). б) өзине келиў, ақылына келиў, ақылын жыйыў. Бир мәҳәлде Асан генже есин жыйнап өзине келеди (ққ.х.е.). Еси аўыў — мийи айланыў, естен таныў, халдан кетиў. Еси аўып халдан кетти, Қолдан хатты усынды да (Ж.Аймурзаев). Есине түсириў — ядына келтириў. Ол Пирниязды есине түсирди (Т.Нәжимов). Естен айырылыў — ақылдан айырылыў, ессиз қалыў. Қаны қашып түсинен, Айырылды сонда есинен («Қырқ қыз»). Есте қалыў, ядта қалыў, умытылмаў. Мен айтайын қалғанларын есимде. Питти мениң усылай болып исим де («Қырқ қыз»). Есте тутыў — умытпаў, есте сақлаў. Пайдалы кеңес десең сен, Есте тут мына сөзимди (Б.Қайыпназаров). Еске алыў — ядқа алыў, еслеў, ойлаў, ойға алыў. Бәрҳа мен Мәжнүн болдым, Ләйли жанды еске алып (Әжинияз). Ес келиў — ақыл келиў, ой келиў. Ананың айтқаны, Еске жаңа келди (Х.Турымбетов). Еси ениў — ақылланыў, есейиў, ержетиў. Ал кеттим де жанлар көз салып, Қолдың ушын берип есим ендирди (А.Дабылов). Ес-түсинен айырылыўы — есинен таныў, шала жансар болыў. Ес түссиз жатыр еди (Ш.Сейтов). Есте сақлаў — умытпаў, ядында сақлаў. ...урпақларыңа есте сақлап қаларлықтай не қалдырасаң, нелерди көрдиң деп сорапты (ққ.х.е.). Естен тандырыў — ес-түсинен айырылыў, талып қалыў, бийҳуўыш болыў. Қәпелимде естен тандырып, Ақылын алған сатыўшы қыз ба? (Г.Есемуратов). Есин билиў — ержетиў, үлкейиў, есейиў, ақылына ениў. Бул дүньяға шыққалы, Есимди билип ингалап (Бердақ). Естен шықпаў — умытылмаў, ядта турыў, ойдан шықпаў. Турымбет неге есимнен шықпайды (Т.Қайыпбергенов). Еске салыў — ойға түсириў, ядына алыў. Буның менен ол Мийирханды да есиме салды (Ө.Хожаниязов). Есин алыў — ақыл-ҳуўышын алыў, бийҳуўыш етиў, кумартыў, күсетиў. Ал Тәңирбергенов оқыўға бара алмады, үй машқаласы, үй пайдасы, пайдакүнемлик есин алды (Қ.Айымбетов).