ЕСАПЛАЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Муғдарын санаў, мөлшерин билиў, шамасын анлаў.
Ал, енди сол гербишти тасыўдын өзи бираз ақшаға түсетин болып, оның жайға есаплаған ақшасынан артып кетти (Қ.Айымбетов).
Өзим есапласам өгиз бенен сыйыр тийеди, кисиге есаплатсам, аяғым аннан-саннан бир тийеди,... (Қ.Айымбетов).
2. Есапқа алыў, көзде тутыў, есте сақтаў кәўилге алыў.
Ал, көпти көрген адам сыншыл болады, бул жағын да есаплаў керек.
(Т.Қайыпбергенов).
— Рас, телефонның, даўысы қулағымызға жеткен күни биз екеўимизди бахытлы деп есаплайық Марат! (Ө.Айжанов).