ЕСИЎАС
Қарақалпақша
КЕЛ. — ЕСАЛАҢ, ЕСИ КИРЕСИ-ШЫҒАСЫ.
ат. Ессиз, ақылсыз, ақылы кем, аўыш, аўан, гешше, мийлан, еси кирерли-шығарлы.
Жумагүл, сен өйтип болма есиўас, Неге тақыр жерден шаң шығарасаң? (И.Юсупов).
Жуманның геллесин сол есиўас қағып алды (Ш.Сейтов).
Және бир есиўас дизе бүгип жерде отырды (Айбек).