ЕСИЛИЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Шыйратылыў, буралыў, таўланыў.
Он сегизде, он тоғызда қосылып, Шырмаўықтай шырматылып есилип (А.Дабылов).
Тал жипектей есиледи («Мәспатша»).
Ақ денели арыўдың, Бурымлары есилди (Жийен жыраў).
2. аўыс. Қанға боялыў.
Ат кекили есилди, Қызыл қанлар жосылды («Алпамыс»).
Арғымақтың жаллары, Қызыл қан менен есилди («Ер Зийўар»).