ф. 1. Үргин үриў, қардың, кумның бир жерди көмип таслаўы, бир жерге үйилиўи, топланыўы, Есинен айырылған адамды үргин қар еспелеп көмип таслаған (Ж.Аймурзаев).
2. Изин үзбей сөйлеў, нәшесин келтирип сөйлеў, ислеў.
— Сүйемен.
Ҳәтте, дәрбедәриң, мен, — деп Мийирхан еспелеп кетги,... (Ө.Хожаниязов).
...сырнайды уртын толтырып қатты үрлеп басын былғанлатып, наманы еспелеп шертип тур (Ө.Хожаниязов).