⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ЕТЕКЛИ

Қарақалпақша

кел. 1. Кең, кеңислик, көлемли. Бул кемпир арпаны да етекли еккен екен, — деди Жаббақ (Б.Кербабаев). 2. Етеги бар, етеги кең. Көйлек те етекли пишилипти (ққ.х.е.). 3. Аўызбиршиликли, молшылыққа бөлеўли, көп, кең. 0 Етекли жер — көлеми кең, үлкен кеңислик, көлемли жер. Бундай етекли жерди тек байлар ғана ийелеген бурын,... (газетадан). «Бозатаў» етекли жер болғаннан кейин, малдың, жердиң жағдайына қарай ҳәр аўыл дүркин-дүркин болып, сыбайлас қонып еди (К.Султанов). Етекли ел — қоныс басқан, мәканлаған ел.