⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ЕТИК

Қарақалпақша

ат. Ҳәр түрли териден, былғарыдан, шеримнен, резинадан ҳәм де тағы басқа материаллардан иеленген аяқ кийим. Аяққа етик кийеди, Көзи оттай жайнайды («Қырқ қыз»). Сиресип қатып қалған шерим етиклерин шешип (А.Әлиев). Ер басына күн туўса етиги менен суў кешер, Ат басына күн туўса, суўлығы менен суў ишер (ққ.х.н.м.). 0 Ақ пушта етик — ийленип, жүни алынған, ҳеш қандай түрин өзгертпестен ақлай түриндеги шеримнен ушы жоқары көтерилип тигилген ақ етик. Аяққа алмадың бир ақ пушта етик, Бул дүньяға шыққан менен не пайда (Омар). Бәйкеми етик — қызыл былғарыдан тигилген етик. Аяғында гөнерген бәйкеми етиги бар жигит үйге кирип келди (Қ.Аралбаев). Еки аяғын бир етикке тығыў — қысыў, мәжбүрлеў, зорлаў, зорлық қылыў, жанын шығарыў, жанына тийиў. Москва түбинде болған саўашта Панфиловшылар дивизиясы немең басқыншыларының еки аяғын бир етикке тықты («ЕҚ» г.).