ЕҢ
Қарақалпақша
р. Дым, жүдә, оғада, күтә.
Ең қапылды дегенде көйлеклерин суўға малып, шала сығып кийеди (Ө.Хожаниязов).
Ең ески аты Қайшылы аўылы болып аталған (Ж.Аймурзаев).
Әжинияздың «Бозатаўы», Ең бир шадлы намаң еди (И.Юсупов).
0 Ең аўыр — қыйын, машакдт.
Патша маған ең аўыр жумыс тапсырды (ққ.х.е.).
Ең әўели — дәслеп, бурын, алда.
... мениң байқаўымша, мийўенин ең әўели уша басы писеди екен,... (Ө.Айжанов).
Ең алды менен, ең алды болыў — әўели, дәслеп, бурын, алда.
Бирақ, Муратбаев ең алды менен минетуғын атының ер-турманын жөнлеў, гүмбирлеғен отаў тигиўди әрман етти (Қ.Айымбетов).
Ертеңине ең алды болып бир аўылда ешки қырқыў басланды (Қ.Айымбетов).
Ең болмаса — кеминде, ҳеш болмаса.
Ең болмаса бес-алты центнер балық услайық (К.Султанов).
Ең дәслеп — алды менен, баста, алда.
Ең дәслеп усы аўылға, трактор алып келгенсиз (Б.Қайыпназаров).
Ең қымбатлы — жақсы, ҳасыл, баҳалы.
Қутлыклайман ең қымбатлы сөз бенен, Кең бахытлы қуўанышлы жүз бенен (Д.Қасымов).
Ең ақырында — изинде, кейнинде, соңында.
Ең ақырында ол бахтын Алла ашсын, саў болса, балам кайтып келер,... (Қ.Ирманов).
Ең қурығанда — дым болмағанда, аз болғанда, жоқ болғанда, кеминде.
Ең қурығанда ата-аналарға фронттағы хабарларды айтып берсек те пайда (Т.Қайыпбергенов).
Ең атақлы — даңқпы, аты шыққан, белгили, шадлы.
Туўған күнин шадлы күтип алар деп, Ең атақлы уллы күнлер ишинде (Ш.Мәмбетмуратов).
Ең күшли — қарыўлы, мықлы.
Ең кушли Армия бизин Ўатанда (С.Нурымбетов).