ЕҢИРЕЎ
Қарақалпақша
ф. Жылаў, зарлаў, өкириў, бозлаў.
Жалғызынан айырылып, Қаражан қайсар еңиреди («Алпамыс»).
Ол әкесиниң мойнына асылып еңиреди (Ө.Айжанов).
Мен әкемниң мойнынан катты қысып қушақлап, көкирегине басымды басьш, жас баладай еңиреп қоя бердим,... (К.Смамутов).