ЕҢСЕ
Қарақалпақша
ат. Арқа жаўырын, ийинниң арқа дөгереги.
Теңлеспеге келгеним жоқ мен даўға, Еңсе тон жамылып алтынлы жаға («Мәспатша»).
1. Адамның мойнының арка тәрепи.
Жән-жағыңа карап еңсеңди көтер (Г.Есемуратова).
2. Балтаның шүйдеси, яғный балтаның басының артқы тәрепи.