ЕII
Қарақалпақша
к.с. Тийқарғы мәнили сөзден болған баянлаўышты турақты етип, оған өткен мәҳәллик мәни бериў ушын ямаса баянлаўыштың мазмунын түрлендириў ушын жумсалатығын көмекши сөз, атаўыш, ҳал фейил сөзлерден жасалған баянлаўышларға да өткен мәҳәллик мәни берип, олардың баянлаўышлық хызметин күшейтип анықдайтығын көмекши фейиллердиң бири — е, буған бетлеў жалғаўлары да жалғана береди.
Мәселен, еди, едик, екен, еоим, емей, емес ҳәм т.б.
усы сыяқдылар атаўыш ҳал фейил сөзлердиң кейнине қосылып, дизбеклесип келип, көмекши фейиллик ўазыйпаны атқарып келеди.
Армияға соңғы ретте жигитлердиң көбиси кеткен еди (Т.Қайыпбергенов).
Аш болып та тур едик, жеп алайық (К.Султанов).
Ески тарийх ерте туўған ел едиң, Қайтадан жаңарып күлдиң, Қоңырат (И.Юсупов).
Үлкенлиги табалдырықтай, гүмистей жарқыраған, гил ақ марқаны услаған едик (К.Султанов).
Топар-топар малдан маған пайда жоқ, Перзент екен адамзаттың мийўеси («Мәспатша»).
Ол заманларда түсти ким болса соған жорыта бермейди екен (ққх.е.).
Буның урғаны өзиниң өш алатығын адамы емес, басқа бир бала екен (Қ.Айымбетов).
Я сабақ таярлаған емес, я жумыс ислеген емес (Т.Қайыпбергенов).
Жаўыш менен даўыл тынар емес (Н.Дәўқараев).
Бул ой емей не? (Ж.Аймурзаев).
...бул күнелтиў емей не?... (Ө.Хожаниязов).