ЖАЛАҢАШ
Қарақалпақша
кел. Кийимсиз, үстинде дымы жоқ, қыппа жалаңаш.
Жалаңаш бала.
Жалаңаш гөши (ети) — сойылған жанлы-жаныўарлардың ишек-қарнын, гелле-бас сыйрағын қоспай териден шығарылған таза ети.
Қара сыйырды сойғанда тек жалаңаш гөшиниң өзи де 150 кг келди.