ЖАЛМАЎ
Қарақалпақша
ф. Жейтуғын нәрсени аўзына салып тилдиң ҳәм тистиң жәрдемлери менен жутыўға кайымлап шайнаў, майдалаў.
Қундақтағы бала аўзындағы зағараны жалмап жатыр (Н.Дәукараев).
Төсекте жатырған аўырыў ғаррының бөкбеннен басқаны жалмап жутыўға шамасы жоқ (Қ.Ирманов).
2. аўыс. Қуртыў, жоқ қылыў, ҳарап етиў.
Бүйте берсе залым басын жалмайды, Айтшы балам кандай сумлыкдар болды (Қ.Ирманов).