ЖАЛТАҢЛАҚ
Қарақалпақша
ф. Тыянақсызлық етиў, биреўден сескенип кетиў, басқадан айбыныў, бирден өзинше ислей алмаў ямаса айта алмаў.
Әжинияздың жүзи бирден қызара бертип, жүреги дүпилдеп соқты, үндемей өтейин десе екеўи бетине жалтаңлап тур (К.Султанов).
ф. Басқадан айбыныў, сескенип тартыныў, жалтаңлаў, қорқыў, жасқаныў.