ЖАЛҒАЎ II
Қарақалпақша
ф. 1. Бир нәрсениң үзилген жерин бир-бири менен тутастырып байлаў ямаса оны узайтыў ушын сондай нәрсени оған тутастырып байлаў, тутастырыў, байланыстырыў.
Үзилген аркаңды жалғаў.
Келте сымды жалғаў.
2. аўыс. Тиркеў, дизиў.
Бир сөзин бир сөзге жалғап, «Қайғылы сес айтып толғап», Қәпелимде көзине жас алып, Былай деп баслаған екен (Бердақ).