ЖАМАН
Қарақалпақша
кел. 1. Сапасы төмен, сапасы пәс.
Бир дегенде не жаман, билимсиз өскен ул жаман.
2. Әбден, оғада, жүдә дым, аса, қатты.
Жаман ашыўшақ адам.
0 Жаман аўыз — жақсы менен жаманды айыра алмайтуғын пасық сөзли адам.
Етиги жаман төрди былғайды, аўызы жаман елди былғайды (ққ.х.н.м.).
Жаман ат — өтирик, өсек, жалған сөз.
Ҳеш кимниң де халық алдында жаман атқа қалғысы келмейди.