ЖАМБАС
Қарақалпақша
ат. 1. Адамлардың ҳәм ҳайўанлардың, жанлы-жаныўарлардың санының бел менен қосылысқан жери, бөксе жағындағы жерде ортанғы жилик пенен жалғасқан сан сүйегиниң бир бөлеги.
Қыз Минайым уйқың қатты, Жамбасыңа гилтиң батты, Келген ярың суўыкқа қатты, Оян енди қыз Минайым (ққ.х.қ.).
2. Сыйлы қонаққа аўқат бергенде табағына салынатуғын жанлы-жаныўарлардың мүшеси.
0 Жамбас урыў, салыў — а) гүрестеги қолланатуғын усылдың бир түри, б) аўыс. Бир нәрсени сорап көриў, өтиниш етип көриў.
Жамбас қақы — жатқан орнына төленетуғын пул, ақша, ҳақы.
ат. Гүрестеги усыл, сол усылға берилетуғын бақа.