⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ЖАРШЫ

Қарақалпақша

ат. гөн. с. 1. Бурынғы ўақытта жар салып, рәсмий хабарларды, буйрықларды, ханның пәрманларын халыққа билдиретуғын адам. Қасыңа жаршы алсаң да, Жәҳәнге хабар салсаң да, ҳакдап дийқана болсаң да, Ойланың кеткен келер ме? (Бердақ). 2. Жойытылып кеткен жоқты базар күни ҳәмме базаршыларға хабарлаўшы, жар салып билдириўши адам. 3. аўыс. Бир нәрсени қоллап-қуўатлаўшы ҳәм жақлаўшы. Көркем сөз шеберлери халықлар дослығының жаршысы сыпатында көринеди.