ЖАҒА
Қарақалпақша
ат. 1. Кийимниң жоқарғы жағындағы мойынды айланып қоршап туратуғын бөлеги.
Ишки көйлектиң ноғай жаға ҳәм ол бөз екенлиги сезилди (Т.Қайыпбергенов).
2. Суўдың, шелдиң, раштың жийеги.
Көлдиң жағасы.
Жаптың жағасы.
Шелдиң жағасы.
Жағаға асылды, жағадан алды — а) жағадан услады, б) аўыс. тартынбай турпайы сөзлер айтты.
Жағамды жибер — а) жағадан услама, б) аўыс. беттен алып, турпайы сөзлер айтқанды қой, қарсы сөйлеме, қарсыласпа.
Жағамды усладым — қайран қалдым, таң қалдым.