ЖАҚЫН
Қарақалпақша
кел. 1. Алыс емес, узақ емес, жуўық.
Жақын жерде суў да бар екен (Т.Қайыпбергенов).
Мениң аўылым сениң аўылына жақын, Сени ярым бүгин излеп бараман (Омар).
2. Таман, шамалас.
Бул артельдиң Қазан кеткен жайлаўында бес мыңға жақын қой-ешкиси бар екен (А.Бекимбетов).
3. аўыс. Ағайин, туўысқан, жақын-жуўық, жек-жат.
Болыс өзине жақын адамларды шақырып алып бирге отырған еди (Қ.Ирманов).