ЖЕДЕЛЛЕНИЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Пәтлениў, йошланыў, кеўил көтерилиў.
Жеделленип ерлик иске киргенде, Ҳәр күн тас сындырып пахта тергенде, Мийнетиңниң жемислерин көргендей, өрнек алды сеннен қурбы-қатарың (Т.Сейтжанов).
2. Шаққанласыў, тез ҳәрекет етиў.
«Урының арты куўыс», Есберген молла ешегине жеделленип мингеннен-ақ қәўипсинип, Әжинияз Есенгелдиниң үйине тартқан еди (К.Султанов).