ЖЕМ
Қарақалпақша
ат. 1. Ҳайўанатларға, қусларға берилетуғын (шөптен басқа) дән, дәнниң тазаланған қалдықлары, кепеклери, гүнжара ҳәм т.б.
Басына теңгерип, күнде жети ўақ жем берип, Шубарды бағып-қағып, еки батыр жата берди («Алпамыс»).
2. Көбинесе жыртқыш ҳайўанларға хәм қусларға берилетуғын ғөш.
Қулағы ербең етип жем көрген қаршығадай әлле қайда талпынды (Т.Қайыпбергенов).
0 Жем болыў — а) биреўге ямаса бир нәрсеге орынсыз шығынлар болыў, б) биреўге, басқаға буйырыў.