ЖЕМИС
Қарақалпақша
ат. 1. Гүл бүртигинен раўажланып шығып ҳәм туқымға ийе болатуғын өсимликтиң ажыралмас бөлеги — мийўе.
Бағманман атақлы, Бағында жемис писирген (Г.Есемуратов).
2. аўыс. Бир нәрсениң нәтийжеси, зүрәәти.
Жаңа турмыс мине бизлердей көмбағалларға өзиниң дәслепки жемислерин бере баслады (Қ.Досанов).