ЖЕР
Қарақалпақша
ат. Өзиниң көшеринде күнди айланып жүретуғын планеталардың бири.
Жердиң жасалма жолдасы.
2. Қурғақ курғақшылық.
Кемеде киятырғанларға алыстан жер көринди.
3. Топырақ, бизиң планетамыздың үстиңги қатламы.
Қара топырақлы жер.
4. Биреўдин қараўындағы пайдаланып, егип отырған аймағы, аўыс. Ел, журт, мәмлекет.
0 Жер аўдарыў — а) ислеген жынаяты ушын бурынғы жасаған орнынан екинши бир алысырақ жерге көширип жибериў, сүргин етиў; б) бел ямаса кетпен менен жерди аўдарыў.
Жерге кириў — а) жерге синиў, жерге батыў; б) аўыс. Қатты уялыў, оғада қысынып қалыў.
Жерден алып, жерден салыў — аса кейиў, аўыр сөзлер айтыў, урысыў, қатты кейиў.
Жетер жерде — жақын жерде.
Жер жарыў — а) қатты еситилиў; б) аўыс. Таралыў, белгили болыў, даңқы шығыў.
Жер менен жексен етиў — жоқ етип жибериў, қуртыў.
Жерге қазық қылып қағыў — биреўни айтқанынан шығармаў, бағындырып қойыў, тырп еткизбеў.