ЖЕРИЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Қандай да бир аўқатты ямаса жейтуғын затты айрықша күсеў.
Қарашаш дүньяда тағам қапылғандай жолбарыстың жүрегине жериди («Мәспатша»).
2. аўыс. Жейтуғын бир нәрсени жүде кумартыў.
3. Хаяллардың бала көтерердеги бир нәрсени жеўге ынтығыўы, кумартыўы.