⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ЖЕТИЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Бир жерден екинши жерге барыў ямаса келиў. Мен Нөкистен Шымбайға бир саатта жеттим. 2. Такалыў, тийиў. Оның қолы ший пәтикке жетеди. 3. аўыс. Таралыў, жайылыў, мөлим болыў. Гүлбазарға сениң даңқың жетипти, Тәртиплериң ҳәр тәрептен өтипти (Омар). 0 Әжели жетиў — өлиў, қазаланыў, қайтыс болыў. Төбеси көкке жетиў — кеўли толып жүдә қуўанып қалыў. Жасы жетиў — қартайыў, үлкейиў. Табысқа жетиў — иси нәтийжели болып питиў, пайдалы нәрсеге ийе болыў. Мақсетине жетиў — ойлағаны болыў, дегени болыў. Ержетиў — ул ҳәм қызлардың қамалға келиўи, жетилиўи. Көзи жетиў — күн бурыннан билиў, алдын ала билиў.