ЖЕТКЕРИЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Бир жерден екинши жерге алып барыў, апарыў.
Өлген болса мен де бирге өлейин, Ярым қалған жерге жеткер Ақбоз ат (ққ.х.қ.).
2. Таратыў, билдириў, хабарлаў, мәлимлеў, айтып барыў.
Бақсы-жыраўлар бул шығармаларды әўладтан-әўладка жеткерген (Н.Дәўкараев).
Ол... бәйбишеге бийдин, сәлемин жеткерди (К.Султанов).
3. Алдынғы баратырған менен теңлесиў, қатарласыў.
Атлы ешеклиге жеткермеди.
4. Тәмийинлеў, бериў, тапсырыў.
Мәмлекетке ҳәр гектарынан отыз бес центнерден пахта жеткеремиз.
5. Бир нәрсени ҳәммеге жететуғын етип бөлистириў.
Аспаз палаўды қонақларға жеткерди.