⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ЖОЛ

Қарақалпақша

ат. 1. Бир орыннан екинши орынға қатнаў ушын арналған жүриў орны. Тас жол. 2. Сөзлердиң баспа ямаса жазба түриндеги катары. 3. Бағыт, идея. 4. Сапар етиўшилик, саяхат. Жол азабы — гөр азабы (ққ.х.н.). 5. Рет, гезек, нәўбет. Ғарры тоқсанға шығып балаларының алдында өз жолы менен кетти. 6. Шама, жағдай, күш, ҳәл. Отыратуғын орныңды бил, Жүретуғын жолыңды бил (ққ.х.н.). 7. Усыл, ҳәмел, тәсил, хийле. Ендиги жалғыз жол — тек Темирбекти жиберип алыў ғана болды. 0 Жолы болыў — нийети орынланыў, иси оңғарылыў. Жолы болған жигиттиң жеңгеси шығар алдынан (ққ.х.н.). Жол болсын сораў — қай жаққа баратырғанын, киятырғанын сорастырып билиў. Жол болсын айтыў — ҳақ жол тилеў. Бир нәрсени жолға қойыў (салыў) — тәртиплестириў, дүзеў. Жол қойыў — бир кемшиликтиң болыўына мүмкиншилик, жағдай туўғызыў. Жол ашыў — баслап бериў, үлги көрсетиў. Жол тартыў — бир жаққа жөнеп кетиў, жолланыў. Жол таслаў — алдаў, бийкар айтыў. Жол тосыў — биреўлерди талаў ушын жолға шығып андып турыў, күтиў. Жол азабын шегиў — жол жүриў, жол қыйыншылығын көриў. Жолдан шығыў — а) қәтелик ислеў, қылмыс етиў; б) адасыў, алжасыў, жаңылысыў.
ар. Мәртебе, рет, сапар. Кулмурат болыс ғәзебин тигип, Шериптиң аўылынан бир жылда еки жола салғырт алдырып отырды (Қ. Ирманов).