ЖОЛДАС
Қарақалпақша
ат. 1. Жолаўшының бирге жүрип баратырған қасындағы адамы.
Булар еки патша көп жерге дейин жолдас болады (ққ.х.е.).
2. Өзиниң көзқарасы, өскен жәмийетлик ортасы, қарым-қатнасы, кәўли жағынан бир-бирине жақын сыйласық адам.
Усы еки сөзди Айсөнем жолдасларына тамаша етип айтып турды (Ж.
Аймурзаев).
3. аўыс. Қостары, жубайы, ерли-зайыплының биреўи.
Урысқа кеткен өмирлик жолдасының келиўин күтти.