ЖУРТ
Қарақалпақша
ат. 1. Ел, үлке.
Муңлы маман бир-еки аўыз арзы бар, Қайсы журтқа баратырсыз, кәрўанлар? («Алпамыс»).
2. Халық, халайық, көпшилик.
Журт пенен қатар Айымжамал да орнынан қозғалып еди, бирақ, кете алмай иркилип қалды (Ө.Хожаниязов).
3. Көшип кеткен елдиң орны, қалдырып кеткен қонысы, жери.
Еки байдың журтында, Еки тышқан урысты (ққ.х.н.).
Дуйым журт — ҳәмме халық, көпшилик адамлар.