ЖЫМЫҢЛАЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Күле шырай бериў.
Есенгелди жолдасларына бир жымыңдап, үндемей қойды (Т.Қайыпбергенов).
Бирақ, бий, қазы, байлар «қарағай ағаштай қатты Қосыбай морт еттиң бе?» деп бир-бирине қарап жымыңласа қалды (К.Султанов).
2. аўыс. Жылтылдаў, жылт-жылт етиў.
Геўгим түсти, аспанда жулдызлар жымыңлады (Х.Сейтов).