⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ЖҮЗ I

Қарақалпақша

сан. 1. Он онлықтан қуралған санақ сан ҳәм сол санды билдиретуғын 100 цифрының аты. Дәметкен күнине еки жүз килограмм пахта тереди. 2. аўыс. Көп, қайта-қайта. Усы саўалды маған жүз рет бергеншығарсың? Жүз басы — Хийўа ханлығының дәўиринде жүз атлы әскердиң басшысы.
ат. Бет. Сыртыңнан емес, жүзиңе ол хабарды айтаман («Қырқ қыз»). Аллабергенниң ашыўы жүзине шығып кетти (Ж.Аймурзаев). Жүз шайысыў — бир-бирине аўыр сөзлер айтып кейисиў, мәлеллесиў, жәнжеллесиў. Жүзи жайнаў — түр-түсинде қуўаныш сезимлери пайда болыў. Еки жүзли — турақсыз, жағымназ. Жүз бериў — басланыў, пайда болыў.